avatar
Куч
9.33
Рейтинг
+3.84

baslawish baslawish baslawish

Мақолалар

Тигил көзлериме

Ijodkor yoshlar
Шеърият ва адабиёт
Төрт пасыл алмасып өтеди бәрҳә,
Сағынып күтермен гоззал бәҳәрин.
Сен болмасаң жүрек бир мисли саҳра,
Тигил көзлериме билерсең бәрин.<cut>
 
Әндийше қыларман кеўлим айтыўға,
Айтқым келер бирақ, қәлбимде барын.
Билгиң келсе егер жүрексырымды,
Тигил көзлериме билерсең бәрин.
 
Ҳеш ҳәм билдирмеймен сүйгенимди деп,
Ҳәр күни

Сөйлеў мәденияты менин абыройым

Ijodkor yoshlar
Шеърият ва адабиёт
 Инсан өз пикирин,    сезим– туйғыларын, арзыў — әрманларын сөз арқалы жеткерип бериў мүмкиншилигине ийе. Турмысымызды  бир-биримизге сөйлеўсиз, сөз арқалы тәсир жасаўсыз көз алдымызға келтире алмаймыз. Сөз адамлар арасындағы қарым — қатнас қуралы.

Бул түс емес…

Ijodkor yoshlar
Шеърият ва адабиёт
 
Мен кеўлимди ашпастан,
Қулп қыстырып қойдыңыз,
Мухаббатым сезбестен,
Шын дослық деп қойдыңыз.
Қараслардан, көзлерден,
Айтың сезиў қыйынба?
Яки бул муҳаббатым,
Сиз ушын бир тийынба? 
Ғәзепте мениң кеўлим,
Шарасызлықта күйдик
Тилимди шынжырлаған,
Әндийшеге бас ийдик.
Айтылмай журек сөзим,
Бул ҳаўада суўырылды
Бул шийрин арзыўлардан,
Кеүил сандығым күйди.
Көз жасым жүзим жуўып,
Жыларман күни бойы.
Мен күткен сол ярымның,
Болар бүгин бахт тойы.
Алып мирәтнамаңды,
Күлдим,
              жүрек жылады.
Сен сезбеген сырымды,
Кимдур ҳәзил қылады.
Мен бирәз жасандым да,
Тойыңа қәдем аттым.
Күткендей мени бунда
Қәбири муҳаббаттың.
Билмедим нении қашан
Кеүилиң түйип алды
Мен оны қутлықласам
Жүзимнен сүйип алды.
Сол үаққытта зар қоңыраў
Сыңғырлады тынбастан
Оятты
          Барсам анаў
Мен күткен жигит екен
Алып турсам үндемей,
Бир гәпим бар дедиңиз,
Ушырасыў жерин айтып,
Телефонды қойдыңыз.
Жүрек қалды қорқыўда,
Түсим оң болмаспекен.
Мың бир ойлар қыйнайды,
Пуш бахыт қалмаспекен.
Қудайым қойма әрманға,
Жанымды қылып қәсте.
Узақтан көринерсиз,
Услап қолда гулдәсте.
Түсинбей ҳайран едим,
Мен тәреп келдим сен ҳәм.
Кеўлиң айтып гүл бердиң,
Көзге жас алдым баҳыттан
Бәри түске уқсайды,
Бул түс емес билемен.
Жаңа жылап келип едим,
Енди бахыттан күлемен.
 
                                                                
 
 
 
 
     Утемуратова Гулзада 

Өткен ўақыт, кеткен бахыт деседи

Ijodkor yoshlar
Шеърият ва адабиёт
Балалықта үлкейсем деп жырладым,
Ўақыт неге өтпейсең деп шырладым,
Айтқанымдай ўақыт өтти зымырап,
Үлкейген соң балалықты қумсадым.
 
Әрманларға жетемен деп асығып,
Тамшы суўды тасқын қылып тасырып,
Жигирма жыл қалай өтти сезбедим,
Артқа қарап отырманғой басылып.
 
Өткен ўақыт, кеткен бақыт деседи.
Сол бир ойлар ҳәр жүректи езеди,
Нәзер салсам артыма мен бурылып,
Пушайманман бос ўақытыма кешеги.
 
Келешекти мен жаңадан баслайман,
Бүгиннен басқаша қәдем таслайман.
Билим шырағына тигилип қарап,
Енди мен талмайман, оннан таймайман.
 
                                  Утемуратова Гулзада

Меҳир муҳаббат ҳәм садықлық тымсалы

Блог им. baslawish-talim

       Өзиниң терең мазмундағы,  инсан қәлбинен орын ийелейтуғын,  жүреклерге лаўлаған сезимлерди инәм ететуғын  қосықлары менен,  ал өмири арқалы болса  садықлық ҳәм опадарлық,  сабырлылық, меҳрибан ана сыпатында өзбек ҳәм қарақалпақ ҳаял-қызларына үлги  болып киятырған Өзбекистан ҳалқ шайыры  Зулъфия Исрайлова  шын мәниде өзинен өшпес из қалдырған.


      Шайыраның садалығы, еле қәлем тиймеген қағаздай ақ кеўили ҳәм ақыл-парасатлылығы оның ҳалық кеўлинен терең орын алыўына себепши болған десек ҳеш алжаспаймыз. Қайсы қосығын алып қарасақта инсанға поэзия қаншелли тәсир ететуғынын, оннан өзимиз ушын заўқ ала алыўымызды сеземиз. Улыўма ҳақыйқый ҳаял тымсалы келеди көз алдымызға.